Нөкис: Қарақалпақстан, 1983. — 207 б.
Филология илимлериниң докторы, профессор Қабыл Максетов көп жыллардан берли қарақалпақ жыраў-бақсылары ҳаққында изертлеў жумысларын жүргизип атыр, олардың көпшилиги газета-журналларда дағазаланды. Автор бул илимий жумысында қарақалпақ жырау-бақсыларының өмири ҳәм дөретпелери, репертуары ҳаққында кеңнен тустик бериў менен бирге, олардың ҳәзирге дейинги изертлеў жағдайлары ҳаққында, қосық айтыў, саз шертиў анализ береди.